Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 1-санлы протоколына муўапық, тийисли министрлик ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң буйыртпалары тийкарында республика аймақларындағы денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириў, ветеринариялық тараўларда жоқары мағлыўматлы кадрларға болған жоқары талаптан келип шығып мақсетли қабыллаў көрсеткишлери белгиленди. Бул ҳаққында ӨзР ЖОАБМ хабар берди.

 

Бунда 2020-2021-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги билимлендириў түри бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарында улыўма 2537 орын ажыратылды.

 

Соның ишинде:

 

– денсаўлықты сақлаў тараўы ушын районлар кесиминде – 1507 орын;

– халық билимлендириў тараўы ушын районлар кесиминде – 805 орын;

– ветеринария тараўы ушын аймақлар кесиминде – 225 орын.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.