Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколына бола;
Ишки ислер министрлиги тәрепинен 2020/2021 оқыў жылында мектеп, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң 16 жасқа толған питкериўшилери паспорт алыў ушын мүрәжат еткенде, оларға гезексиз, белгиленген тәртипте паспорт берилиўи тәмийинленеди. (абитуриентке 10 күн мүддетте паспорт берилиўи нәзерде тутылған) деп хабар береди xs.uz .
Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын имтиханларда қатнасыў тилегин билдирген паспорт жасына жетпеген пуқараларға әмелдеги тәртипке муўапық, қысқа мүддетлерде сырт елге шығыў паспорты рәсмийлестирилип бериледи.
Мәмлекетлик персоналластырыў орайы тәрепинен паспорт жасына жетпеген пуқараларға сырт елге шығыў паспортлары бериледи ҳәм бар мағлыўматлар Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына ҳәм мәмлекетлик тест орайына усыныс етиледи (абитуриентке 5 күн мүддетте пуқаралық паспорт алыўы нәзерде тутылған).
Қарақалпақстан хабар агентлиги