Пандемия шараятын есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколы менен 2020/2021-оқыў жылы ушын қабыллаўда кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын өткериў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Оған бола:

кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың бағдарламаларын бакалавриат тәлим бағдарлары өзгешелигинен келип шығып әпиўайыластырылады;

абитуриент кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан ушын бир мәрте келеди ҳәм артықша ўақыт жумсамастан тапсырыўы тәмийинленеди;

тест сынақлары менен бир қатарда өткерилетуғын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар быйылғы жылдың 25-июлине шекем өткериледи;

айрықша талант талап етилетуғын тәлим бағдарларының кириў имтиханлары 25-июльден 20-августқа шекем өткериледи;

кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар видеобақлаўлар арқалы қатаң қадағаланады ҳәм интернетте жәмийетшиликтиң бақлаўы тәмийинленеди, деп жазады xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги