Өзбекстан Россия менен авиақатнаўларын июль-август айларында қайта жолға қояды. Бул ҳаққында Спутник мәлим етти.

Бизге белгили, турақлы авиапәрўазларды қайта жолға қойыўдың биринши басқышы Түркия, БАӘ ҳәм Қазақстанға рейслерди тиклеўди өз ишине алады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанда 15-июннен  халықаралық авиақатнаўлар қайта басланды.

Буннан алдын Turkish Airlines ҳәм Air Astana авиакомпаниялары Өзбекстанға пәрўазлар қайта тикленгенин мәлим еткен еди. Бирақ, Транспорт министрлиги баспасөз хызмети бул компанияларға ҳеш қандай рәсмий рухсат берилмегенин билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги