Жақында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде министрликтиң Билим сапасы мониторинги бөлими тәрепинен PISA халықаралық бағдарламасының математика бойынша саўатлылық дәрежесин баҳалаўға таярлық жумысларына арналған видеосеминар шөлкемлестирилди.

Оған районлық ҳәм қалалық халық билимлендириў бөлимлериниң мониторинг инспектор-методистлери, таяныш мектеплер директорларының оқыў ислери бойынша орынбасарлары, математика пәни методистлери ҳәм оқытыўшылары өзлериниң жумыс орнында қалған ҳалда қатнасты.

Видеосеминарда қатнасыўшыларға халықаралық баҳалаўларға таярлық көриў, бунда таяныш мектеплердиң жумысларын жолға қойыў ҳәм раўажландырыў ҳаққында түсиник берилди. Сондай-ақ, келеси жылы болып өтетуғын халықаралық баҳалаўларға ылайықлы таярлық көриўде ҳәм белгиленген ўазыйпаларды сапалы орынлаўда таяныш мектеплерге үлкен жуўапкершилик жүкленгенлиги атап өтилип, олардың жумысын сапалы шөлкемлестириў ҳаққында усыныслар билдирилди.

Халықаралық бағдарламада қатнасыў нәтийжели билимлендириў системасын жаратыўға, жәҳән базарында бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў арқалы жоқары ҳәм турақлы экономикалық өсимге ерисиўге имканият жаратады. Бул ушын халық билимлендириў системасында билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бағдарындағы PISA сыяқлы халықаралық изертлеўлерге  пуқта таярлық көриў талап етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги