Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басламасы менен, Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколы менен төмендегилер тастыйықланды:

2020-жыл 25-июньге шекем магистратураға кириў сынақлары ушын тийисли қәнигеликлер тараўларында талапкерлердиң илимий-педагогикалық уқыплылығы (ямаса билим алыў қәбилети)н ҳәм шет тилди билиў дәрежесин анықлайтуғын тестлер базасы (топламы) қәлиплестириледи.

Бурынғысынан басқаша тәризде, коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў илажларынан келип шығып, 2020/2021 оқыў жылы ушын магистратураға кириў имтиханлары 2020-жыл 3-20-август күнлери өткериледи.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты (www.edu.uz) арқалы әмелге асырылады.

Ҳүжжетлер 2020-жыл 1-июльден 30-июльге шекем қабыл етиледи.

Бул ҳаққында xs.uz  сайты мәлим етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги