Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы билдириўине муўапық, коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў илажларын есапқа алып, 2020/2021 оқыў-жылының қабыллаўында тест сынақлары әдетте, бир күнде еки сменада өткериледи. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Онда ҳәр бир абитуриент ушын имаратларда  3м2 дан аз болмаған орын ажыратылады.

Коронавирус пандемиясы шараятында санитариялық нормалардың талапларынан келип шығып, имтиханларда абитуриентлердиң ата-аналары ҳәм олардың жақынлары ушын өз алдына күтиў (топланыў) орынлары шөлкемлестирилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги