Ҳәзирги ўақытта абитуриентлер тәрепинен берилип атырған тийкарғы сораўлардың бири усы болмақта. Солай екен, биз быйылғы жылы жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў тәртиби ҳаққында және бир мәрте еслетип өтиўди мақул деп есапладық.

 

Абитуриентлер жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында қатнасыў ушын ҳүжжетлерин усы жылдың 20-июнь сәнесинен баслап 20-июль (сол күни де) сәнесине шекемги мүддетте тапсырыўы мүмкин.

 

Абитуриентлер төмендеги тәртипте ҳүжжет тапсырыўы мүмкин:

 

1) Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленген аймақларда – Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы;

 

2) Барлық аймақларда:

 

– Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz);

– Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты (abitur.dtm.uz).

 

Солай екен, быйыл ҳүжжетлер жоқары оқыў орынларында қабыл етилмейди.

 

Абитуриентлерден қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

 

1) Паспорт;

2) Диплом ямаса аттестат;

3) Жеңилликли түрде оқыўға киретуғынлар ушын жеңиллик берилгени ҳаққындағы ҳүжжеттиң мағлыўматлары талап етиледи.

 

Төменде Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты (abitur.dtm.uz) арқалы қалай ҳүжжет тапсырыў бойынша видео-қолланбаны тамашалаўыңыз мүмкин.

 

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.