Ҳәзирги карантин дәўиринде енгизилген тәртип қағыйдалар, оның басқышпа-басқыш жумсартылып барылыўы, экономика тармақларын қайта тиклеў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажлар өндирислик пәтти және де жеделлестириўге хызмет етпекте.
Президентимиздиң усы жыл 8-июньдағы «Исбилерменлик жумысын ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен пуқаралардың өзин-өзи бәнт етип жумыс ислеп тапқан дәраматлары, физикалық тәреплердиң жәми дәраматларына киргизилмейтуғын болды.
Мәмлекетлик салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәзирги күнде қарарда белгиленген 67 жумыс түри менен шуғылланып киятырған 4112 жеке исбилермен бар. Усы күнге шекем бул исбилерменлер тәрепинен ҳәр айда 275,3 миллион сумлық физикалық тәреплерден алынатуғын қатаң белгиленген дәрамат салығы мәмлекетлик бюджетке төленетуғын еди. Енди олар усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап өзин-өзи бәнт етиўши пуқара сыпатында қайта дизимнен өтсе, олар тәрепинен бюджетке төлениўи тийис болған 275,3 миллион сумлық қаржы өзлериниң есабында қалады.
Қарар менен жоқарыда атап өтилген 67 жумыс түри менен шуғылланып атырған пуқаралар 1-июль сәнесинен баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар болып есапланады,-дейди басқарманың жәмийетшилик пенен байланыс ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторының баслығы М.Мершиева. – Үйде отырып репетиторлық пенен шуғылланып атырғанлар, шаштәрезлик хызмети, етикшилик сыяқлы жумыслар да соған киреди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-июльдағы 566-cанлы қарарына муўапық, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар өзлери жасайтуғын жерлердеги мийнет бөлимлерине мүрәжат еткен ҳалда ўақтынша мийнет гүўалығын алатуғын еди. Енди бул мийнет гүўалығы бийкар етилди. Тек салық уйымлары тәрепинен 2020-жыл 1-июльға шекем таярланатуғын мобиль қосымша арқалы дизимнен өтиў ҳәм бул туўралы салық уйымларын хабардар етиўдиң өзи жеткиликли болады.
Бул мобиль қосымша арқалы өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар буйыртпаларды қабыл етиў ҳәм көрсетилген хызметлер ушын төлемлерди әмелге асырыў, юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиўде электрон есапқағаз-фактураларын усыныў, мобиль қосымша жәрдеминде дәраматлар ҳәм қаржы жумсалыўының есабын жүргизиў және усы мағлыўматларды кейин кредит алыў ҳәм салықларды есаптан шығарыў мақсетинде пайдаланыўы мүмкин. Сондай-ақ, товарларды реклама етиў, көрсетилген хызметлердиң сапасын баҳалаў мүмкиншилиги пайда болып, тутыныўшылар тәрепинен пикир-усыныслар қалдырылыўы мүмкин.
Усы жыл 1-июльдан баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқараларды дизимге алыў арнаўлы 14 – КОД және салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы әмелге асырылыўы мүмкин болады.
Сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар 2020-жыл ушын социаллық салықты ҳақыйқаттан да ислеген дәраматына қарамастан базалық есаплаў муғдарының кеминде 50 проценти муғдарында төлейди.
Соның менен бирге қарарға муўапық, жайласқан мәнзили өзгерген юридикалық тәреплер исбилерменлик субъектлерин қайта мәмлекетлик дизимнен өткериў, хабар бериў тәртибин қолланған ҳалда бийкар етиледи. Мәселен, Қоңырат районында жасайтуғын пуқара алдынғы тәртип бойынша Қоңырат районынан дизимнен өтиўи тийис еди. Ол Нөкис қаласында исбилерменлик пенен шуғылланса, сол жердиң өзинен дизимнен өтиўдиң илажы жоқ еди. Енди усы қарар менен бул пуқара Нөкис қаласында исбилерменлик пенен шуғылланса, сол жердиң өзинде мәмлекетлик хызметлерге мүрәжат етеди ҳәм дизимнен өтеди. Төлемлерди де сол жерден әмелге асыра алады.
Сондай-ақ, қарарға муўапық өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын нәзерде тутылған жумыс түрлери менен шуғылланыўшы шаңарақлық кәрханалар айланыстан түскен салықты белгиленген муғдардан 50 процентке азайтылған ставкада төлейди.
Әлбетте, бундай имканиятлар ҳәм жеңилликлер өз нәтийжесин береди. Себеби, ҳәзирги жағдайда пуқаралардың аўырын жеңиллетиў, шараят ҳәм имканиятларын кеңейтиў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларының бири болып есапланады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги