Жазғы дем алыс ўақтында оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Қарақалпақстан» телеканалында «Онлайн-дөгерек»лер жумыс басламақта. Бул дөгереклерди алып барыўға «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң тәжирийбели дөгерек басшылары тартылған. «Онлайн-дөгерек» жойбары шеңберинде оқыўшыларға «Инглис тили», «Техникалық дөретиўшилик», «Музыка» ҳәм басқа да дөретиўшилик бағдарындағы дөгереклери, интернет тармағы арқалы пул табыў бойынша видеосабақлар  эфирге узатылады.

Оқыўшы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм олардың дөретиўшилик қәбилетлерин анықлаў және раўажландырыў, жаслар тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыўға қаратылған комплексли илажларды өз ишине алған бес басламаны турмысқа енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-сентябрьдеги «Халық билимлендириў системасында мектептен тысқары билимлендириўдиң нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.  Оған муўапық, бурынғы «Бәркамал әўлад» республикалық ҳәм аймақлық орайлары Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы республикалық ҳәм аймақлық «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери болып қайта шөлкемлестирилди.

Елимизде карантин шеклеўлери орнатылғаннан кейин бул балалар мектеплери де дөгерек жумысларын онлайн түрде аралықтан даўам еттирди. Республикамыздағы 1  республикалық ҳәм 17 районлық «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери 2019-2020-оқыў жылында 504 дөгерекке 13 мың 296 оқыўшыны қамтып алды.

Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң өзинде усы оқыў жылы даўамында 38 дөгерек турақлы жумыс алып барып, оларға ҳәр айда мыңнан аслам оқыўшы қатнасты.  Бүгинги күнде болса, мектепте «Жаз мәўсиминде өтилетуғын дөгереклер» бағдарламасы шеңберинде 16 дөгерек онлайн түрде жумыс ислеп тур. Оларға ҳәзирде 890 оқыўшы ағзалыққа қабыл етилген.

Бул дөгереклердиң қатнасыўшыларынан Гүлхумар Аманбаева, Равшанбек Камалов, Назлымхан Өмирбекова ҳәм басқалар Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 тийкарғы баслама шеңберинде Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Бес баслама – үйимизде» таңлаўына қатнасып, сыйлы орынларды қолға киргизди. Сондай-ақ, «Жылдың ең азада қызы» видеоролиги, «Бахытлы елдиң бахытлы балалары» сүўрет салыў таңлаўларында мектеп оқыўшылары жоқары көрсеткишлерге еристи.

Бүгинги күнде мектептиң 15 ке шамалас дөгерек басшылары телевидение арқалы узатылатуғын онлайн-дөгерек жойбарына таярлық көрмекте. Олар сүўретлеў өнери, компьютер саўатлылығы, тоқыў, аспазлық ҳәм басқа да тараўлар бойынша оқыўшылардың дәслепки кәсиплик көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде видеороликлер таярламақта.

Президентимиздиң  2019-жыл 30-сентябрьдеги қарары тийкарында республикамыздың қала ҳәм районларындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде тәжирийбе сыпатында «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери тәрепинен «Тармақ дөгереклери»ниң ашылыўы нәзерде тутылған. Оларда робототехника, автомодель, кийимлер ҳәм ландшафт дизайны, жас турист, шығыс миниатюрасы, шаңарақ мийирбийкеси, басланғыш техникалық моделлестириў сыяқлы дөгереклер шөлкемлестирилип, 2 мың 500 ге шамалас оқыўшы қамтып алынады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы