Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасының мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда усы жыл 18-июньге шекем 143 пуқарада коронавирус инфекциясы анықланып, 136 пуқара толық емленип шықты.

Cоннан, халық арасынан кеселликти жуқтырып алғанлардың үшеўи Хожели районынан, қалғанлары халықаралық жүк тасыўшы автотранспорт басқарыўшылары болып, биреўи Беруний районынан, екеўи басқа ўәлаятлардан, және биреўи басқа мәмлекеттен келген пуқаралар болып есапланады.

Ҳәзирги пайытта бул пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

Коронавирус кеселлигине шалынған наўқаслар менен қатнаста болған ҳәм сырт еллерде болып республикамызға қайтқан 15 328 пуқара карантинге алынып, соннан 15 095 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўдан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 233 пуқара медициналық бақлаўға алынған.

Қоңырат районындағы «Даўыт-ата» шегара бажыхана қадағалаў пункти арқалы кирип келген халықаралық жүк тасыў автотранспорт басқарыўшыларынан коронавирус инфекциясына тест сынамалары алыныўы жолға қойылған.

Инфекцияның тарқалыўының алдын алыў бойынша өткерилип атырған илажлар нәтийжесинде усы күнге шекем қала ҳәм район аймақларында жәмийетлик орынларда нықап тақпай жүрген ҳәм белгиленген карантин талапларын бузған 7260 пуқара анықланып, оларға тийисли шара көрилди.

Коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша арнаўлы штабтың шөлкемлестириўи менен 18-июнь күни Нөкис қаласы аймағында өткерилген рейд илажлары даўамында 9 объектте карантин қағыйдалары менен байланыслы кемшиликлер анықланған болса, жәмийетлик орынларда 6 пуқараның нықапсыз жүргенлиги анықланды.

Исбилерменлик субъектлери, мәкеме ҳәм кәрханалар Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыўда илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республика арнаўлы комиссиясының усы жыл 14-июньдағы мәжилис протоколының 11-бәнтинде карантин шеклеўлери шараятында жумыс ислеўге рухсат берилген исбилерменлик субъектлерине (қурылыс, улыўма аўқатланыў, хызмет көрсетиў объектлери ҳәм т.б.) тийисли объектлерде белгиленген санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етпеў ақыбетинде коронавирус инфекциясы анықланған жағдайда усы объектлерди ҳәм шахсларды карантинге алыў ҳәм сақлаў менен байланыслы қәрежетлер жоқарыда көрсетилген субъектлердиң есабынан қапланыўы көрсетилген.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде пуқаралардың саламатлығын сақлаў ушын көп күш ҳәм қаржы жумсалмақта. Ҳәзирги пайытта айырым пуқараларымыз әпиўайы карантин талапларының бири болған нықап тағыў қағыйдасына да бийпәрўа қараўы көп ушыраспақта. Бул болса, кеселликтиң ҳәўиж алып кетиўине жол ашып бериўи мүмкин.

Пуқаралардан кеселлик толық шегингенге шекем орынларда нықап тағыў қағыйдасына әмел етип, кеселликке қарсы гүресиўде алып барылып атырған ийгиликли ислерге өз үлесимизди қосып, карантин қағыйдаларына жуўапкершилик пенен қараўға шақырып қаламыз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги