Барлық аймақларда автомектеплер жумысы тикленди ме? Пандемия шараятында оларға жумыс алып барыў ушын қандай шәртлер қойылды?

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги жанындағы штабта өткерилген брифингде Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының Баспасөз хаткери Феруза Мадраҳимова бул сораўға жуўап берди.

Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен 2020-жыл 1-июньнен баслап «жасыл» ҳәм «сары» аймақларда автомототранспорт қуралларының айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў менен шуғылланатуғын шөлкемлердиң жумысына руқсат берилген.

Онда, теориялық шынығыўлар аралықтан онлайн оқытыў арқалы әмелге асырылыўы, әмелий шынығыўлар болса санитариялық талапларға қатаң әмел еткен, соның ишинде, медициналық нықаптан, медициналық қолғаптан пайдаланған және автотранспорт қуралларын дезинфекциялаған ҳалда шөлкемлестирилиўи зәрүр.

Билимлендириў инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен пандемия шараятында бул шөлкемлердиң жумысын қандай көринисте жолға қойыў ҳәм сапалы билим бериў бойынша көрсетпелер берилди. Автомототранспорт қуралларының айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў менен шуғылланыўшыларға аралықтан турып оқытыў имканияты бар болған шөлкемлер ғана жумыс баслаўы зәрүрлиги түсиндирилди. Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен белгиленген талапларға әмел етпеген шөлкемлерге жуўапкершиликтен тысқары лицензиясының бийкар етилиўине шекемги илажлардың қолланылыўы мүмкин екенлиги түсиндирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги