Билимлендириў

Пайтахтымызда Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги тәрепинен «Қәбилетли балаларды сайлап алыў ҳәм олардың раўажланыўы ушын шараятларды жетилистириў» атамасында баспасөз әнжуманы өткерилди.

Агентлик қарамағындағы мектеплерге 2020/2021-оқыў жылы ушын оқыўшыларды қабыллаў бойынша мағлыўмат берилди.

Бүгинги қыйын шараятта жас әўладтың денсаўлығын сақлаў, пандемия пүткиллей сапластырылмаған жағдайда оқыўшылардың үлкен сыйымлылықтағы имаратларда сайлап алыў имтиханлары ўақтында узақ ўақыт қалып кетиўине жол қоймаў, сондай-ақ, сырт елли бирге ислесиўши – Cambridge Assessment шөлкеми ўәкиллериниң елимизге карантин ўақтында сапарын белгиленген сәнелерде шөлкемлестириў имканияты жоқ екенлиги себепли, әдеттегиден басқаша, Президент мектеплерине оқыўшылардың қабылланыўы келеси жылы өткерилетуғын болды.

photo_2020-06-17_14-08-06.jpg

Бухара, Жиззақ, Қаршы, Самарқанда ҳәм Ферғана қалаларында ашылатуғын Президент мектеплерине (бесинши класстан оныншы классқа шекем) және усы жылы ашылыўы режелестирилген Сурхандәрья ўәлаятындағы Рўзи Чориев ҳәм Бухара ўәлаятындағы Мухтар Ашрафий атындағы дөретиўшилик мектеплерине (жетинши кластан) оқыўшыларды қабыллаў келеси жылы өткериледи.

Ташкент, Нөкис, Наманган ҳәм Хийўа қалаларында жумыс ислеп атырған Президент мектеплерине 2020/2021-оқыў жылы ушын оқыўшыларды бесинши классқа қабыллаў имтиханлары 2021-жылға қалдырылып, 2021/2022-оқыў жылында жаңа класслар ашылыўы нәзерде тутылмаған.

photo_2020-06-17_14-08-02.jpg

Агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеплер, яғный Мухаммед ал-Хорезмий, Мырза Улығбек және Абу Али ибн Сина атындағы қәнигелестирилген мектеплерге  2020/2021-оқыў жылына оқыўшыларды қабыллаў мәселесине байланыслы мағлыўмат тийисли үйрениўлерден соң мәлим етиледи.

Бүгинги күндеги жағдайдан келип шығып, Агентлик системасындағы мектеплерде оқыўшыларды қабыллаўда усы жылы киргизилип атырған өзгерислер бул мектеплерде оқыў тилегинде болған оқыўшылардың талпынысын сөндирмеўи, ҳәм керисинше, бул пайда болған қосымша ўақыттан үнемли пайдаланып, имтиханларға және де пуқта таярлық көриўи ушын имканият сыпатында баҳалаў мүмкин.

Агентлик системасындағы мектеплерге оқыўшыларды қабыллаў ушын сайлап алыў имтиханлары ўақытларына өзгерислер киргизилген ҳалда, Агентлик өзиниң рәсмий бетлери ҳәм ҒХҚ арқалы қосымша мағлыўмат берип барады. Бул мектеплерге байланыслы мағлыўматларды www.pm.piima.uz сыяқлы мәнзиллеринен бақлаў мүмкин.

photo_2020-06-17_14-07-57.jpg

 

ӨзА