Президентимиз тәрепинен «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орнын ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи тараўды жетилистириўге қаратылған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады.
Усы жыл 17-июнь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Көркем өнер илим-билиминиң раўажланыў тарийхы» атамасында республикалық көлемде илимий-теориялық онлайн конференция болып өтти.
Оған филиал профессор-оқытыўшылары, излениўшилер ҳәм студент-жаслар менен бир қатарда, М.Әўезов атындағы Түслик Қазақстан мәмлекетлик университети ҳәм Б.Бейшеналиева атындағы Қырғызстан мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер университетинен профессор-оқытыўшылар, жас излениўшилер белсене қатнасты.
Zoom бағдарламасы арқалы өткерилген әнжуманды филиал директоры П.Палўаниязов алып барды. Онда илим-билимлендириў, көркем өнер ҳәм мәденият тараўларын, кино, телевидение ҳәм радионы раўажландырыўдағы машқалалар ҳәм шешимлер, алда турған ўазыйпалар қатнасыўшылар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланып, пикир-усыныслар берилди.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги