ПУҚАРАЛАРДЫҢ ӨЗИН-ӨЗИ БАСҚАРЫЎ УЙЫМЛАРЫНДА

  

Нөкис қаласындағы «Байтерек» мәкан  пуқаралар жыйыны тәрепинен бүгинги пандемия дәўиринде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыўға барғанымызда Пуқаралық ислер бойынша Нөкис районлар аралық судының судьясы Мийригүл Дәўменованың басшылығында көшпели суд мәжилиси өткерилип,онда жас шаңарақтың ажырасыў бойынша иси көрилип атырған екен.

Бул еки жас 2011-жылы шаңарақ қурды. Бир перзентли болды. Деген менен шаңарақтағы келиспеўшиликлер нәтийжесинде келин үйине кетип қалды. Өткен жылы ажырасыў ҳаққында судқа арза берди. Бул ис ата-аналардың, мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлериниң қатнасында көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Халқымызда «Үйлениў аңсат, үй болыў қыйын»,-деген даналық гәп бар. Шаңарақта жетиспеўшиликлер, ерли зайыплылар, ене-келин арасындағы келиспеўшиликлер болып турады. Турмыстың ашшы-душшысына көнсең ғана бахытлы шаңарақ қурасаң.

Турмыстың өзи көрсеткениндей, бундай жағдайда атан-ананың, туўған-туўысқанлардың, қоңсы-қобалардың, мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлериниң ақыл-кеңеси  айрықша әҳмийетке ийе.  Жас шаңарақларға турмыстың ойлы-бәлентлиги түсиндирилип, дурыс жол-жоба берилсе, шаңарақ сақланып қалынады. Ең баслысы, перзент ата-анасыз қалмайды.

Суд мәжилисинде мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлери, аймақ жасы үлкенлери, ата-аналар тәрепинен жас ерли-зайыплыларға баҳалы кеңеслер берилди. Нәтийжеде ажырасыў алдында турған шаңарақ сақланып қалынды. Ҳәзир олар бахытлы турмыс кеширип атыр.  Жақында жас жубайлар мәкан пуқаралар жыйынына келип, өзлериниң миннетдаршылығын билдирип кетти. Жыл басынан берли аймақта усындай үш шаңарақ сақланып қалынды. Егер де ҳәр бир пуқаралар жыйынында усынша шаңарақ сақланып қалынғанда, қанша жас жубайлар бахытлы турмыс кеширген болар еди.

-Ҳәзирги пандемия шараятында жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қорғаў, оларды мәнзилли түрде азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў  айрықша әҳмийетке ийе,-дейди «Байтерек» мәкан  пуқаралар жыйынының баслығы Сырғагүл Есбосинова.- Әсиресе, карантин дәўиринде ўақытша жумыссызлардың саны артып кетти. Бул машқалаларды шешиўде Президентимиздиң басламасы менен алға қойылған «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети айрықша әҳмийетке ийе болды. Нөкис қаласы ҳәкимлиги, қалалық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, аймағымызда жайласқан мәкемелердиң басшылары, депутатлар менен исбилерменлеримиз бул басламаны қоллап-қуўатлады. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова бес шаңарақтың ҳәр бирине  250 мың сумлық, «Эверест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бес шаңарақтың ҳәр бирине  200 мың сумлық, «Нукус строй лес» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жигирма бес шаңарақтың ҳәр бирине  100 мың сумлық, «Қарақалпақ авто боран» жуўапкершилиги шекленген жәмийети он хожалықтың ҳәр бирине 100 мың сумлық, «Бердимурат-Берекет» жеке меншик кәрханасы қырқ шаңарақтың ҳәр бирине  100 мың сумлық, «Мебель орайы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети он алты шаңарақтың ҳәр бирине  500 мың сумлық,  «Әжинияз қарақалпақ» дәриханасы жәмәәти он бир шаңарақтың ҳәр бирине  30 мың сумлық, «Артемедия» дәриханасы жәмәәти бес шаңарақтың ҳәр бирине  60 мың сумлық азық-аўқатлық затлар ҳәм дәри-дәрмақтан жәрдем берди. Сондай-ақ, бул басламаға аймағымыздағы басқа исбилерменлер менен сақый инсанлар да өзлериниң үлеслерин қоспақта.

Аймағымыздағы елиўге шамалас жумыссыз жас пенен ҳаял-қыз Абаданластырыў басқармасына, қалалық тоғай хожалығына, «Нукус делише» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине жумысқа орналастырылды. Халықтың үй қапталы қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде он тоғыз шаңараққа бийпул нәл менен тәмийинленип, жети хожалыққа Нөкис қалалық Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен ыссыхана қурып берилди.

Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күни Самарқанд, Шахрисабз ҳәм Бегис көшелерине ишимлик суўы тармағы тартылмақта. Бул жумыслардың жуўмақланыўы менен 200 ден аслам шаңарақ таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

Аймақта жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күни профилактикалық есапта турған, бурын судланған пуқаралар менен сәўбетлесиў турақлы өткерилип турылмақта.

Әлбетте, жумыс бар жерде кемшилик болары сөзсиз. Усы көз қарастан қарағанда аймақты абаданластырыў, жумыссызлықты сапластырыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар баршылық. Бул ўазыйпаларды аймақ турғынлары менен биргеликте сапластырыў илажлары көрилмекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы