Мәҳәлле ҳам шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығын мүнәсип түрде күтип алыўға таярлық көриў, аўыр шараятта жасап атырған шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыўға бағдарланған ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыў ушын «Жанажан журтымның абатлығына өз үлесимди қосаман» сүрени тийкарында алып барылатуғын жумысларды баслап жиберди.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, «Абат шаңарақ», «Абат көше», ҳәм «Абат мәҳәлле» хәрекети шеңберинде республикамыздағы барлық мәҳәллелерди, көшелерди, шаңарақларды абаданластырыўға қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде районлардағы бөлимлерде дүзилген жумысшы топарлар менен биргеликте үйме-үй жүрип, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаўға жәрдем бериў ҳәм машқалаларын үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қанлыкөл районы «Дослық» МПЖ аймағындағы «Әмир Темур» көшесинде жасаўшы, екинши топар майыбы Серегүл Алаўатдинованың турақ жайының сыртқы тәрепине оңлаў жумыслары алып барылып, үйиниң әтирапы ҳәм атызлары жабайы шөплерден тазаланды. Сондай-ақ, райондағы «Қос жап» АПЖ аймағында да абаданластырыў жумыслары алып барылды.

Буннан тысқары бүгин Тахтакөпир районындағы «Тахтакөпир» ППЖ аймағындағы бир қатар турақ жайлар оңланып, «Қараой» АПЖ орайы абаданластырылды.

Бул бағдардағы жумыслар Бозатаў районында да даўам етти. Райондағы «Бозатаў» ППЖ ҳәм «Қусханатаў» АПЖ аймағындағы кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайынан хабар алынып, турақ жайларына оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм машқалалары үйренилди.

Бундай ийгиликли ислер ҳәр күни ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги