Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында «БМШтың Инсан ҳуқықлары кеңеси ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша комитети мысалында БМШтың устав ҳәм шәртнамалық уйымларының усынысларын әмелге асырыўда парламенттиң роли» темасында парламентлик форум видеоконференцбайланыс түринде болып өтти.

Бундай илаж Өзбекстан парламентаризми тарийхында дәслепки рет шөлкемлестирилди.

Конференция Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты, сондай-ақ, дүнья жүзи парламентлериниң халықаралық абырайлы шөлкеми – Парламентлераралық аўқам, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары басқармасы, БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының басламасы менен өткерилди.

Инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық миннетлемелерди орынлаўда Өзбекстан парламентиниң ролин арттырыў темасы додаланған бул сөйлесиўге Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, Парламентлераралық аўқам Атқарыў комитети баслығының орынбасары Акмал Саидов модераторлық етти.

Халықаралық парламент форумында Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссарының ўәкили Жанни Магазени, Өзбекстан парламенти палаталарының басшылары, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт ел экспертлери, депутатлар, Сенат ағзалары қатнасты.

Атап өтилгениндей, миллий парламентлер халықаралық қатнасықлар, абаданлықты тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў нызам үстинлигин ҳәм миллий, ҳәм халықаралық дәрежеде беккемлеўде әҳмийетли роль атқарады.

Парламент ағзалары ушын әмелий сөйлесиўдиң онлайн-майданына айланған илажда Парламентлераралық аўқам ҳәм БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары басқармасының жуўапкер ўәкиллери ҳәм Өзбекстан парламенти палаталары басшыларының баянатлары тыңланды.

– Өзбекстанның БМШ, Парламентлераралық аўқам менен бирге ислесиўи барған сайын беккемленип атырғаны итибарға ылайық, – деди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева. – Бүгинги күнде мәмлекетте суд ҳәкимияты, сиясий партиялар ҳәм парламенттиң ролиниң өзгергенин айрықша атап өтиў керек. Өзбекстан парламенти нызамшылық жумыслары менен бир қатарда, турмыслық әҳмийетли мәселелерди әмелге асырыў бойынша мониторинг функцияларын да күшейтти. Атап айтқанда, Гендер теңлик мәселелери бойынша комиссия, Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша миллий комиссия, сондай-ақ, парламенттиң жоқары палатасында Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети дүзилди.

Қалаберсе, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили, Бас прокуратура, Ишки ислер, Әдиллик ҳәм Сыртқы ислер министрликлериниң есабатларын тыңлаў системасы жолға қойылған. Нәтийжеде, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» принципи әмелде көриниўин тәмийинлеў итибарымыз орайында. Соның ушын да халық пенен байланыс орнатыў ҳәм жәмийетшилик пенен байланысларды және де беккемлеўге тийкарғы әҳмийет қаратып келинбекте. Инсан ҳуқықларын тәмийинлеў – бас мақсетимиз болып есапланады, деп атап өтти Олий Мажлис Сенатының Баслығы.

photo_2020-06-11_20-12-41.jpg

Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов мәмлекетте нызамшылық-ҳуқықый базаның жетилистирилгени, Өзбекстанда миллий парламент қәдириятларының бар екени, бул бағдарда ең алдынғы сырт ел тәжирийбесинен пайдаланып атырғанын атап өтти. Бул болса мәмлекеттиң ҳуқықый тийкарын беккемлеў, нызам дөретиўшилигиниң сапасын арттырыў, парламентлик қадағалаўды күшейтиў, пуқаралардың турмысын жақсылаўға хызмет етеди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы инсан ҳуқықларын тәмийинлеў мәселесин жедел алға қоймақта. Бул жумыс халықаралық миннетлемелерди орынлаў ҳәм миллий нызамшылыққа енгизиў, қабыл етилген нызамлардың нәтийжелилигин мониторинг етиў, БМШтың устав ҳәм шәртнамалық уйымлары усынысларының орынланыўы ҳәм басқа да бағдарлар бойынша «Жол карталары»н ислеп шығыў арқалы алып барылып атыр.

– Өзбекстан парламенти халықаралық парламент жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында Парламентлераралық аўқам ҳәм басқа да халықаралық парламентлер форумларында белсене қатнасып атыр, – деди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов. – Өзбекстан Парламентлераралық аўқам ҳәм БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары басқармасының «Парламент ҳәм инсан ҳуқықлары принциплери»н қабыл етиў, БМШтың 75  жыллығы бойынша Декларацияға бүгинги халықаралық қатнасықларда миллий парламентлер ҳәм Парламентлераралық аўқамның роли ҳаққындағы қағыйдаларын киргизиў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлайды.

Видеоконференцияда сондай-ақ, Өзбекстан парламентиниң инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдеги роли ҳәм механизмлери бойынша БМШ Инсан ҳуқықлары кеңесиниң усынысларын орынлаўға байланыслы жумыслардың перспективалары ҳаққында  сөз етилди.

Сөйлесиў жуўмағында қатнасыўшылар Парламент форумы парламент ағзаларының әмелий сөйлесиўин даўам еттириў, инсан ҳуқықлары, турақлы раўажланыў ҳәм бирге ислесиў бағдарларындағы парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Форум 30-июнь – Халықаралық парламент күнине бағышланды.

Мағлыўмат ушын: Дүнья жүзи жәмийетшилиги тәрепинен 30-июнь – Халықаралық парламентаризм күни етип белгиленгени бийкарға емес. Буннан 131 жыл бурын, 1889-жылы тап усы сәнеде Парижде дүнья мәмлекетлери парламентлериниң тийкарғы халықаралық уйымы есапланатуғын Парламентлераралық аўқамның биринши халықаралық конференциясы ашылған.

Бүгинги күнде Парламентлераралық аўқамға 179 мәмлекеттиң парламентлери ағза. Бул мәмлекетлердиң ҳәр биринде мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымы жумыс алып барады. БМШға ағза 193 мәмлекеттен 79 и еки палаталы, 114 инде болса бир палаталы парламент системасы әмел етпекте. Дүнья жүзи парламентлериниң жәми 272 палатасының қурамында дерлик 46 мың парламент ағзасы бар.

Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың тән алыныўы сыпатында тарийхта биринши рет мәмлекетимиз ўәкили 2020-2023-жылларда Парламентлераралық аўқам Атқарыў комитетиниң ағзалығына қабыл етилди. Яғный, 2020-жылдың басында Парламентлераралық аўқам басқарыў уйымларының жаңа қурамын қәлиплестириў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары А.Саидов Парламентлераралық аўқам Атқарыў комитети баслығының орынбасары, сондай-ақ, структураның қаржы бойынша киши комитети ағзасы етип тайынланды.

Өзбекстан парламентиниң ўәкили дүнья жүзилик нызам шығарыўшы уйымлардың бундай абырайлы форумының жумысында қатнасыўы Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 24-январьда Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды буннан былай да нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етпекте. Қалаберсе, халықаралық парламентлераралық бирге ислесиў күн тәртибин қәлиплестириўде мәмлекетимиздиң қатнасыўын тәмийинлеў имканиятын да бермекте.

 

ӨзА