Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 12-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, республикамызда бүгинги күнде коронавирус пенен наўқасланғанлардың улыўма саны 138 ге жетти. Соннан 134 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды, ал 4 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы. Коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Ҳәзирги ўақытта 219 пуқара медициналық бақлаўға алынған. Соннан 69 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 150 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Усы күнге шекем 22 мың 107 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 138 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гүмән болған орынларда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

«Даўыт ата» шегара постынан өткен 3567 пуқара лабораториялық усылда тексерилген. Карантин талапларын бузғанлығы ушын 10 мың 533 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған. Бундай илажларға қарамастан, халқымыз арасында карантин қағыйдаларын бузыў жағдайлары даўам етпекте. Бул болса,  пуқаралардың өзлериниң ҳәм шаңарақ ағзаларының, әтираптағы басқа адамлардың өмирине қәўип туўдырмақта.

Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда     болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги