«Uzbekistan Airports» мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Өзбекстандағы аэропортлар сырт еллерден мийманлардың келиўине қызғын таярлық көрмекте. 20 дан аслам сырт ел авиакомпаниялары, атап айтқанда, «Turkish Airlines», «Fly Dubai», «Korean Air», «Asiana», «Air Astana», «Аэрофлот», «Сибирь» ўәкиллери және «Өзавиация» агентлигиниң жуўапкер тәреплери арасында сәўбетлесиў болып өткен.

 

Сәўбетлесиўлерде коронавирус пандемиясы ҳәм карантин шеклеўлериниң жумсартылыўынан соң сырт ел авиакомпанияларының өз ара пәрўазларды қайта тиклеўи ҳәм бул бағдардағы бирге ислесиўди нәтийжели жолға қойыў мәселелери бойынша пикир алмасылған.

 

«Uzbekistan Airports» басқарыў директоры Р.Исмаилов Өзбекстан аэропортлары авиарейслерди тиклеў, жолаўшыларға сапалы хызмет көрсетиў ҳәм биргеликте жумыс алып барыўдан мәпдар екенлигин билдирип өткен. Сондай-ақ, бул бойынша бирге ислесиўдиң туризм және экспорттың раўажланыўына, инвестицияларды алып келиўдиң күшейиўине түртки болыўын атап өткен.

 

«Uzbekistan Airports» мәлимлеме хызмети сырт елли бирге ислесиўшилер де Өзбекстанға пәрўазларды қайта тиклеўге ҳәр тәреплеме тайын екенлигин мәлим еткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.