11-июнь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бесинши жалпы мәжилисин усы жыл 19-июнь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева жалпы мәжилистиң күн тәртибине киргизилетуғын ҳәр бир мәселе бойынша халықтың пикирин итибарға алыў, қалаберсе, аймақлардағы машқалаларды турақлы түрде үйренип барыў ҳәм оларды жалпы мәжилистиң додаланыўына алып шығыў зәрүр екенлигин атап өтти.

XPI_7844rr54r4r7.jpg

Видеоәнжуманбайланыс түринде өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылыўы режелестирилген.

«Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы, «Аңшылық ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы, «Пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўға қатнасыўы ҳаққында»ғы, «Геодезия ҳәм картография жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары усылардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, «Энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Жынаят-атқарыў кодексине қамақтағылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар сенаторлар тәрепинен додаланады.

«2007-жыл 27-июньдеги Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында биргеликтеги әскерий оқыўларды өткериў ҳаққындағы Келисимге қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Протоколды  (Бишкек, 2019-жыл 29-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Туншықтыратуғын, зәҳәрли ямаса басқа да усы сыяқлы газлер ҳәм бактериологиялық қураллардың урыста қолланылыўын қадаған етиў ҳаққындағы  Протоколға (Женева, 1925-жыл 17-июнь) қосылыўы ҳаққында»ғы нызамлары да жалпы мәжилис күн тәртибине киргизилген мәселелерден саналады.

Соның менен бирге, Әдиллик министриниң Өзбекстан Республикасында 2019-жылы ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ағартыўшылық тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлемеси, қалаберсе, Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумыслары ҳаққындағы есабаты тыңланыўы нәзерде тутылған.

Жол ҳәрекети қәўипсизилигин тәмийинлеўге байланыслы ҳүжжетлердиң орынланыў жағдайы, сондай-ақ, шығындылар менен байланыслы мәселелерде пайда болған машқалалар ҳәм олардың халықтың саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўларын жибериў мәселеси көрип шығылады.

Кенгаш мәжилисинде Сенат комитетлери қурамына өзгерис киргизиў, атап айтқанда, Қудратулла Рафиқовти Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери  комитети, Санабар Суярованы болса Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң ағзалығына сайлаў бойынша қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.

ӨзА