Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше 2020-2021-оқыў жылы ушын улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класс питкериўши оқыўшыларын республика жоқары оқыў орынлары жанындағы академиялық лицейлерге ҳүжжетлерин онлайн қабыл етиў басланды.

Академиялық лицейлерде:

– анық пәнлер;

– тәбийий пәнлер;

– шет тиллери;

– социал-гуманитар пәнлер бағдарлары бойынша тереңлестирилген билим бериледи.

Ата-аналарға қолайлық жаратыў мақсетинде республикадағы барлық академиялық лицейлер ҳаққында мағлыўматлар ушын улыўмаластырылған арнаўлы телеграмм канал (https://t.me/LitseyAdmission2020) шөлкемлестирилди.

Бул канал арқалы мәмлекетимиздеги академиялық лицейлердиң рәсмий бетлери арқалы оқыўшылар өзлери таңлаған бағдарлар бойынша хүжжетлерин онлайн тапсырыў мүмкин болады.

Еслетип өтемиз ҳүжжетлерди қабыл етиў  30-июньге дейин даўам етеди.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги