Түрли социаллық тармақларда 24-июньнен 1-июль аралығында улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириў макемелериниң педагог кадрлар аттестациясы өткерилиўи нәзерде тутылған дағазалар пайда болмақта.

«Ta’lim inspeksiyasi» телеграмм каналының хабар бериўинше педагог кадрлар аттестациясы өткерилетуғын сәнелер ҳаққындағы түрли телеграмм каналлары арқалы берилип атырған мағлыўматлар тийкарсыз есапланады.

Аттестация өткерилетуғын орынлар ҳәм сәнелер ўақты анық болса Билимлендириўдиң сапасын кадағалаў мәмлекетлик инспекциясының рәсмий телеграм каналлары (@uztdi, @fmadraximova) арқалы мәлим етиледи.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги