Қазақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт министри Ақтоты Райымқулова фонограммада қосық айтыўды қадаған етиў ҳаққындағы басламасына түсиник берди.
kazinform.kz сайтыныӊ хабар бериўинше, «соңғы жылларда жәмийетимизде жергиликли эстрада музыкасы менен байланыслы көплеген сораўлар пайда болмақта. Ең әҳмийетли мәселелерден бири бул фонограммадан пайдаланыў болып табылады. Фонграммаға сын пикир билдиретуғынлар көп. Социаллық тармақларда бундай сын пикирлерди жүдә көп көрмектемиз. Сонлықтан бул мәселени шешиў ушын Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги «Қазақстан Республикасы мәденияты ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамды ислеп шығып, оны парламентке усынды», – дейди Ақтоты Райымқулова.
Министрдиң сөзлерине көре, нызам жойбарының ҳүкимет версиясында «фонограммадан пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы (телевидение ҳәм радиодан басқа барлық орында ескертиўсиз оннан пайдаланыўды қадаған етиў) етилген қағыйда да орын алған.
«Ҳәр бир нызам жойбары тийисли мәмлекетлик шөлкемлери ҳәм «Атамекен» миллий исбилерменлер палатасы тәрепинен мақулланыўы лазым болады. Биз нызам жойбары арқалы фонограммадан пайдаланыўды қатаң тәртипке салып, оннан пайдаланатуғын болса алдыннан тыңлаўшыларды хабардар етиў тәртибин усыныс етпектемиз. Биз тутыныўшылар мәплерин қорғаўымыз керек. Тыңлаўшыларды алдыннан хабардар етиўи тийис. Адамлар жанлы қосық яки фонограмманы тыңлаўды өз қәлеўи менен шешиўи лазым»,-дейди ол.
А.Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги.