Усы жылдың 28-май күни саат 09:40 лар шамасында Төрткүл районында жасайтуғын эксковатор басқарыўшысы, пуқара А.Б. ҳәм оның менен бирге жүрген пуқаралар П.М., Б.Қ., С.Б.лар Нөкис районы «Бақаншақлы» АПЖ аймағынан өтиўши «Дәўлет» салмасының бойында салманы тазалаў, боян тамырын қазып алыў жумысларын алып барып атырған ўақытта салма бойындағы, Нөкис районында жасайтуғын пуқара Ж.М.ға тийисли болған қыйтақ жер майданына зыян жеткерген. Бул ҳаққында ҚР ИИМ мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Ақыбетинде пуқаралар А.Б., П.М., Б.Қ. ҳәм Нөкис районында жасайтуғын пуқаралар Ж.М., Ж.С., А.Р. арасында жәнжел жүзеге келген. Жәнжел ақыбетинде олар бир-биреўине дене жарақатын жеткерген.

 

Ўақыяда дене жарақатын алған Төрткүл районында жасайтуғын пуқара А.Б. ҳәм Нөкис районында жасайтуғын пуқара Б.Қ. емлеўханаға жатқарылған.

 

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша Нөкис районлық ИИБ тәрепинен тийисли тәртипте тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.