Жақында Нөкис районында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен көргизбели оқыў-шынығыўы өткерилди. Илажда районлық айрықша жағдайлар бөлиминиң арнаўлы техникалары, күш ҳәм қураллары көрсетилип, жыйналғанларға шомылыў қағыйдалары, айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиўге байланыслы түсиниклер берилди.

 

Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бессаға» ирригация сағасында өткерилген илажда Нөкис районы Айрықша жағдайлар, Ишки ислер бөлимлериниң, Миллий гвардия ҳәм медицина тараўы хызметкерлери, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў районлық бөлиминиң ўәкиллери қатнасты.

Сағада жайластырылған «Шомылыў қадаған» етилген орында аймақ турғынларына бундай белгилердиң жайластырылыў себеплери, шомылыўда қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаў бойынша халықтың арасында әмелге асырылып атырған үгит-нәсият илажлары ҳаққында қәнигелер мағлыўмат берди. Жыйналғанлар өрт ҳәм техника қәўипсизлиги бойынша өзлериниң миннетлери ҳәм ҳуқықлары туўралы түсиникке ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги