Пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-июль күнги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманын орынлаў шеңберинде Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте өткерилген илаждың тийкарғы мақсети,  балалар ҳәм жаслар арасында китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў, интеллектуаллық қәбилетин және руўхый дәрежесин раўажландырыў, усы арқалы олардың елимиздиң тарийхы, миллий, улыўма инсаныйлық қәдириятлар, жәмийетлик турмыс туўралы түсиниклер менен билим-көнликпелерин арттырыўдан ибарат. Соның менен бирге, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, ҳәр қыйлы зыянлы иллетлерден ҳәм жат идеялардың тәсиринен қорғаў, миллий ҳәм жәҳән әдебияты дүрданаларын, жазыўшылар, шайырлардың дөретиўшилигин кеңнен үгит-нәсиятлаў, келешекте илимий дөретиўшилик жумысқа,  әдебиятқа болған қызығыўшылығын арттырыў болып табылады.

 

Илаж қатнасыўшылары газета-журналларда жәрияланған мақалалар тийкарында елимизде жүз берип атырған өзгерислер, реформаларға байланыслы темаларды, руўхый-ағартыўшылыққа, тарийхқа тийисли китаплардың, көркем әдебиятлардың мазмун-мәнисин, идеясы менен әҳмийетин түсиндирип бериў, белгили жазыўшы-шайырларымыздың биреўиниң өмири, дөретиўшилик мийнетин және таныстырыў шәртлери бойынша билимлерин сынақтан өткерди.

 

Таңлаў жуўмағында 14-19 жастағылар арасында айрықша билими, китап оқыўға болған қызығыўшылығы менен көзге түскен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Бийбихатиша Жолдасбаева, 20-31 жастағылар арасында усы университеттиң студенти Гәўхар Зийнатдинова биринши орынға мүнәсип деп табылды.

 

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды ҳәм олар келеси басқышқа жоллама алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.