Тест сынақларының нәтийжелери бир күн мүддетте Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

21-августтан 31-августқа шекем аппеляциялар қабыл етиледи. Онда абитуриент қатнасыўы шәрт.

Тест сынақларының нәтийжелерине бола билимлендириў бағдарлары кесиминде студентликке усыныс етиў бойынша таңлаў нәтийжелери тест сынақларының ақырғы күнинен баслап бир ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың нәтийжелери билимлендириў бағдарларының өзгешелигине бола имтихан өткерилгеннен кейин 1-3 күн мүддетте жоқары билимлендириў мәкемесиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

 

ӨзА