ОНЛАЙН: Мактаб битирувчиларининг ўрта маълумот тўғрисидаги ҳужжати Халқ таълими вазирлигидан олинади

Быйылғы жылы мектеп питкериўшилериниң орта мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжети Халық билимлендириў министрлигинен алынатуғыны мәлим етилди.

Абитуриент тек ғана паспорты менен барса болды. Қәлеген жерден ҳүжжет тапсырыў мүмкин.

Алдынғы жылларда питкергенлер паспорт, 16 жасқа толмағанлар ушын туўылғанлығы ҳаққында гүўалық, улыўма орта билимлендириў (11-класс негизинде) ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин тамамлағаны ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм оның қосымшасы усынылады. Жеңилликке ийе болған абитуриенттиң жеңиллик ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет электрон көринисте тапсырылады.

Абитуриентлерге неге 3 саат берилип атыр?

Дәслеп оларды руўхландырыў ҳәм қәтеликлерге жол қоймаў ушын қысқа роликлер қойып бериледи. Биринши имтихан азанғы 8:00 де басланады. Павильонда неше топар болса ҳәр бирине бир бақлаў камерасы бириктириледи. Процесс телеканаллар ҳәм интернетке узатылады. Ярым саат бурын павильонға кириў тоқтатылады. Оларға нықап ҳәм қолғап бериледи.

 

Ёқуб МЕЛИБОЕВ (сүўрет), ӨзА