Мәлимлеме технологиялары хызметлерин көрсетиў ушын елимизде кең имканиятлар жаратылмақта. Буның ушын болса кеңейип баратырған халықаралық бирге ислесиўлердиң орны үлкен.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Қатарға сапары шеңберинде EXCOM баслығы орынбасары Холид Маннаи, «Mannai» корпорциясы басшысы Алех Гревал, корпорциясы топары бас директоры ҳәм «Mannai» InfoTech үлкен вице-президенти Бину мырза менен ушырасыў өткерди.
Додалаўларда мәлимлеме технологиялары хызметлерин көрсетиў ушын елимизде “offshore” жеткерип бериў орайын шөлкемлестириў мәселелери додаланды, делинеди Санлы технологиялар министрилиги мағлыўматында.
Ушырасўда, сондай-ақ, «Mannai» корпорациясы ҳәм Қатардың басқа МТ компаниялары менен биргеликте хызметкерлердиң маманлық дәрежесин арттырыў ҳәм жумысқа жаллаў қәрежетлерин кемейтиўге мөлшерленген қәнигелестирилген жойбар ислеп шығыў мәселесине итибар қаратылды.
Сондай-ақ, арнаўлы МТ оқыў орайларын шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Ушырасыў жуўмағында Санлы технологиялар министрлиги ҳәм «Mannai» корпорациясы арасында өз-ара келисим меморандумына қол қойылды.
А.РУСТАМОВ, ӨзА