Бәсеки комитетиниң “Fair tech” бирден-бир мәлимлеме системасы арқалы келип түскен хабарлар комитет жуўапкер хызметкерлери тәрепинен толық үйренилди. Быйылғы жылдың өткен дәўири даўамында 878 көтере усақлап сатыў дәриханалар тәрепинен жәми 107 773 жағдайда пайдаланыўшылардан 7 млрд. сумнан артық пул қәрежетлери артықша алынғаны анықланды. Нәтийжеде, белгиленген тәртипте пайдаланыўшыларға қайтарыў илажлары көрилди.
Атап айтқанда, 405 дәрихана тәрепинен дәри қуралларына белгиленген баҳаларды арттырып коллаў нәтийжесинде 58 318 жағдайда жәми 2 млрд. сумға жақын алынған тийкарсыз пул қаржылары пайдаланыўшылар пайдасына қайта есап-санақ етилип, пайдаланыўшылардың ҳуқықларын тиклеў илажлары көрилген.
Буннан тысқары, дәри қуралларының баҳаларының өсиўи бойынша тиккелей пуқаралардан 800 дан артық мүрәжатлер келип түскен. Оларды көрип шығыў нәтийжесинде 100 млн. сумға жақын пул қаржыларының пайдаланыўшыларға қайтарылыўы тәмийинленген.
Н.Раҳмонова, ӨзА