«Оқыўшы-жасларды шақырыўға шекемги таярлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық «Мәртлик мектеби»н айрықша баҳалар менен тамамлағанларға оқыўға кириў ушын жеңилликли усыныснама бериледи.

Жаңа нормаларға бола, ҳәр бир район (қалалар)да бир ғана улыўма орта билимлендириў мектебин «Мәртлик мектеби» жумысы жолға қойылады.

Сондай-ақ, «Мәртлик мектеплери»нде математика, ШШБТ, тарийх, денетәрбия, шет тили, физика пәнлери тереңлестирилген ҳалда оқытылады.

Буннан тысқары, оқыў ушын оқыўшыларды сайлаў 5-класстан баслап әмелге асырылады. «Мәртлик мектеплери»нде робототехника, келешек ойынлары, медициналық таярлық, ҳуқықый саўатлылық, миллий спорт ойынлары сыяқлы дөгерек шынығыўлары да өткерилиўи режелестирилмекте.

Нәтийжеде, бул мектеп оқыўшылары оқыў жылы даўамында еки рет әскерий полигонларда, ҳәр шеректе бир рет әскерий бөлимлеринде әмелий шынығыўлар алып барылады.

2026-2027-оқыў жылынан баслап «Мәртлик мектеби»н айрықша баҳалар менен тамамлаған  ҳәр бир «Ўатан таянышы» отрядының ағзасы болған бир оқыўшыға жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген ҳәм юридикалық билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын жеңилликли усыныснама бериледи.

Атап өтилгениндей, билимлендириў шөлкемлеринде жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тарбиялаўда «Туран» мектеп театры танлаўы өткерип барылады, -деп мәлимлеме береди xs.uz сайтында.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги