Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары Бас министр лаўазымына көрсетилген Абдулла Ариповтың кандидатурасын көрип шықты.

Талабан Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ келешекке мөлшерленген ҳәрекетлер бағдарламасын усыныс етти.

Депутатлар ҳәм фракциялар басшылары шығып сөйлеп, талабан ҳәм бағдарлама бойынша өз пикирлерин билдирди.

Талабан ҳәм Ҳүкиметтиң бағдарламасы көрип шығылғаннан соң, Бас министр лаўазымына талабанды мақуллаў мәселеси даўыс бериўге қойылды.

Жасырын даўыс бериў жолы менен депутатлар Абдулла Ариповты Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына мақуллады.

ӨзА