“Чиройли” авторақамларнинг тоифалари ҳамда нархлари ўзгарди

Ҳүкимет қарары менен Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге автотранспорт қураллары ушын дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилерин арртырылған төлем ставкалары бойынша бериўде «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖ  мәлимлеме системасында аукцион өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерислер киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» телеграм каналы хабар бермекте.

Киргизилген өзгерислерге бола, «сулыў» номерлер 6 категорияға ажыратылды. (бурын 3 категория еди). Сондай-ақ, айырым «сулыў» номерлердиң дәслепки баҳалары ҳәм категориялары да өзгерди.

photo_2020-06-04_20-01-48.jpg

Атап айтқанда, 333, 444, 666, 999 номерлер комбинациясы 1-категориядан 2-категорияға өткерилген болса, 003, 004, 006, 008, 009, 030, 040, 303, 400, 404, 600, 900, 909 сыяқлы номерлер 2-категориядан 3-категорияға өткерилди.

Ташкент қаласындағы 2-категория номерлериниң дәслепки баҳасы егер олар ҳәр қыйлы комбинациядағы ҳәриплер менен болса базалық есаплаў муғдарының 30 есеси (бурын 40 есе), бирдей комбинациядағы ҳәриплер менен болса базалық есаплаў муғдарының 40 есеси (бурын 50 есе) елип белгиленди.

 

ӨзА