Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 15-июньнан баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориядағы аймақларда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысларына рухсат берилетуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

 

«KoronavirusInfo» каналы арнаўлы комиссияның қарарына түсиник бериўинше, 2020-жыл 15-июньнан баслап «жасыл» ҳәм «сары» категориялардағы аймақларда тек ғана жеке меншик бақшалардың жумысларына рухсат бериледи.

 

Мәмлекетлик бақшалардың жумыслары болса Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң кестеси тийкарында, 15-июньнан 1-июльға шекем басқышпа-басқыш жолға қойылады.

 

Сондай-ақ, диний мәкемелер, мешитлер 2020-жыл 8-июньнан баслап тек ғана «жасыл» аймақларда өз жумысларын баслайды. Қәўипсизликти тәмийинлеў ушын усы орынларда 5-8-июнь күнлери санитариялық илажлар өткериледи.

 

Мешитлерде санитариялық-эпидемиологиялық нормаларға қатаң әмел еткен ҳалда (қорғаныў нықапларын мәжбүрий тағыў шәрти менен), социаллық аралық сақланған (келген адамлар арасындағы аралық кеминде 1,5-2 метр) ҳалда намаз оқылыўы мүмкин болады.

 

Бирақ, пуқаралардың кеселликти намәлим дәреклерден жуқтырыўы ҳәм халық арасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирше ғалабалық диний илажлар (жума намазы, екшемби ибадатлары ҳәм басқалар)ды шөлкемлестириў қадаған етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.