Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, усы жылдың 5-июнь ҳәм 15-июнь сәнелеринен баслап «сары» ҳәм «жасыл» категориялардағы аймақларда рухсат берилген жумыслар ҳаққында хабар берген едик.

 

Соның менен бирге, Өзбекстан бойынша барлық аймақларда олардың категориясына қарамастан төмендеги карантин талаплары сақланып қалынады:

 

– жәмийетлик орынлар ҳәм исбилерменлик хызметлер объектлеринде социаллық аралықты (2 метр) сақлаў, үш адамнан көп топланбаў, пуқаралардың медициналық нықаптан және антисептик затлардан пайдаланыўы;

 

– билимлендириў мәкемелериниң (мектеп, лицей, колледж, техникум, институт, университет ҳәм басқалар) жумысларына рухсат берилмейди;

 

– кеўил ашар объектлер – түнги клублар, дискотека, спа ҳәм массаж салонлары, караоке, бильярд заллары, шылым (кальян) ҳәм компьютер ойынлары орайларының жумысларына жол қоймаў;

 

– концерт, кинотеатр ҳәм спорт илажларын (профессионал футбол клублары оқыў шынығыўлары ҳәм Өзбекстан профессионал футбол лигасының чемпионатлары буған кирмейди) өткермеў;

 

– жәмийетлик транспортлардың ҳәрекетине рухсат берилмейди;

 

– дийқан, қурылыс базарлары, азық-аўқатлық ҳәм азық-аўқатлық емес саўда орынларының (супермаркет ҳәм басқа үлкен дүканлар) кирип-шығыў орынларын пирометрлер ҳәм антисептик затлар менен тәмийинлеў және ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған жағдайда, усы комплекслерге киргизбеў илажларын көриў;

 

– барлық шөлкемлердиң кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў және хызметкерлер тәрепинен социаллық аралықты (2 метр) сақлаған ҳалда жумыс алып барыўын тәмийинлеў;

 

– қурылыс-оңлаў жумысларында объектлердиң аймағы толық карантинге алыныўы ҳәм аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайлары менен биргеликте объектлерде санитариялық-гигиеналық илажлардың әмелге асырылып барылыўы. Бунда усы шөлкемлердиң жумыс алып барыў дәўиринде санитариялық ҳәм гигиеналық қағыйдаларға толық әмел етиў, өз жумысларын тек ғана тийисли объект аймағы шеңберинде шөлкемлестириў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.