«Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўын шөлкемлестириў комитети быйылғы таңлаў он-лайн тәртипте өткерилетуғынын мәлим етти. Бул ҳаққында journalist.uz  сайты хабар берди.

  1. Улыўма қағыйдалар

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы миллий ғалаба хабар қуралларында жумыс алып барып атырған журналистлердиң кәсиплик шеберлигин, дөретиўшилик потенциалын арттырыў, мәмлекетимиздиң жәмийетлик турмысындағы, реформалар процесиндеги қатнасыўын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде 27-июнь – «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни»не бағышланған дәстүрий «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўын пандемия себепли жүзеге келген карантин шараятында Ўақытша реже тийкарында он-лайн тәртипте өткериўге қарар етеди.

Таңлаўға усынылатуғын журналистлик жумыслар – баспа ғалаба хабар қуралларында ҳәм интернет басылымларында басып шығарылған мақалалар, эфирге узатылған телекөрсетиў ҳәм радио еситтириўлерде ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм демократиялық жаңаланыўлар процеси, соның ишинде, коронавирус пандемиясы ҳәм айрықша жағдайларда жәмийетимизде адамларымыз тәрепинен көрсетилип атырған пидайылық, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик сыяқлы адамгершилик пазыйлетлери барған сайын беккемленип атырғаны, Ўатан тәғдири ҳәм келешегине тилеклеслик сезими дәстүрий турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып атырғаны өз сәўлелениўин тапқан болыўы керек.

  1. Таңлаўды өткериў тәртиби

«Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўы ғалаба хабар қуралларының барлық бағдарлары – телевидение, радио, баспасөз, фотожурналистика, интернет журналистика бойынша өткериледи ҳәм таңлаў нәтийжесинде 27 журналист сыйлықланады.

Аймақлық ғалаба хабар қуралларының талабанлары телевидение, радио, баспа басылымлар, фотожурналистика ҳәм интернет бағдары бойынша Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының аймақлық бөлимлери басқармасының протоколы бойынша ҳәр бағдар бойынша биреўден сайланады ҳәм олардың ҳүжжетлери Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамына 20-июньге шекем жибериледи.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы басқарманың қарарына бола Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаяттан биреўден жәми 13 жеңимпаз анықланады.

Орайлық ғалаба хабар қураллары бойынша (жәми 14) – Өзбекстан Миллий телерадио компаниясы (4), Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы (2), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (1), Дүнья мәлимлеме агентлиги (1) жеңимпазларды анықлап береди. Республика көлеминдеги баспа (4) ҳәм интернет (2) баспалары бойынша жеңимпазлар олар биреўден усынған талабанлар арасынан Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы басқармасының қарарына бола анықланады. Басқарманың қарары протокол менен рәсмийлестириледи.

  1. Таңлаўдың шәртлери

«Жылдың ең белсенди журналисти» жеңимпазын таңлаўда журналисттиң дөретиўшилик белсендилиги менен биргеликте жәмийетлик турмыстағы белсендилиги де итибарға алынады. Онда журналисттиң өткен жылдың 1-июнинен усы жылдың 1-июнине шекемги дәўирдеги дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик белсендилиги нәзерде тутылады.

Ғалаба хабар қураллары өз талабанлары ҳаққында толық мағлыўматлы ҳүжжеттиң (мөрленген ҳәм сканерленген) электрон түрин тапсырады.

Ҳүжжетлер төмендегилерден ибарат:

автордың паспорт нусқасы;

автор ҳәм оның профессионал жумысы ҳаққындағы мағлыўматнама (объективка);

автордың дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик жумысы ҳаққында ғалаба қураллары баслығының усынысы;

автордың мәнзили ҳәм байланыс телефонлары.

Ҳүжжетлер 2020-жылдың 20-июнине шекем қабыл етиледи.

Жеңимпазларды сыйлықлаў

Таңлаў жеңимпазлары ноутбук компьютери ҳәм дипломлар менен сыйлықланады.

Таңлаў жеңимпазлары 27-июнь – «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» алдында жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги