Үш ай ишинде 31 мәмлекеттен 127 журналист коронавирус себепли қайтыс болған.
Күни кеше резиденциясы Женевада жайласқан Press Emblem Campaign (PEC) журналистлер ассоциациясы бул мағлыўматты тарқатты.
PEC мағлыўматларына бола, 1-марттан 31-майға шекем 127 журналист COVID-19 бенен кеселленип қайтыс болған. Олардың үштен еки бөлеги өзлериниң кәсиплик ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған. Пандемия тек май айының өзинде 72 журналисттиң өлимине себепши болды.
«ҒХҚ хызметкерлери жаңа вирусқа қарсы гүресиўде әҳмийетли рольди атқармақта. Олар кеселликтиң тарқалыўы ҳаққында мәлимлеме бериўи керек. Қайтыс болған журналистлердиң айырымлары өз жумысын орынлап атырған ўақытта керекли қорғаныў қуралларын таба алмағаны ушын қайтыс болған», – деди PEC бас хаткери Блейз Лемпен.
Ең көп өлим жағдайы Латын Америкасы регионында дизимге алынған. Перуда 15 журналист коронавирустан қайтыс болды. Бразилия ҳәм Мексиканың ҳәр биринде 13 қәлем ийеси қайтыс болған. АҚШта коронавирустан қайтыс болған журналистлердиң саны 12 адамды қурайды. Россияда коронавирус инфекциясынан 5 журналист қайтыс болғанлығы айтылмақта.
Хабарда атап өтилиўинше, журналистлердиң арасында өлим жағдайларының ҳақыйқый көриниси буннан да аянышлырақ болыўы мүмкин. Себеби, қайтыс болған журналистлердиң барлығы COVID-19 бойынша тесттен өткерилгени ушын ғана белгили болған.
ӨзА