Соңғы жыллары миллий өнерментшиликти раўажландырыў, оның менен шуғылланатуғын ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў және бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, қолында өнери бар ҳаял-қызларға кредит ажыратыў, исбилерменлик жумысын баслаўға жәрдем бериў, имканияттан келип шығып олардың қызығыўшылығын ҳәм басламаларын есапқа алып, кәсип-өнер үйретиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Мариям Ахмедова арнаўлы жумысшы топар менен бирге Шымбай районындағы өнермент ҳаял-қызлар менен ушырасып, олардың жумыслары менен танысты ҳәм машқалаларын үйренди.

Дәслеп райондағы «Жипек жол» МПЖда жасайтуғын үйши Задахан Мырзамуратова менен ушырасты. Ол қарақалпақ халқының өзине тән миллий қәдириятларының бири есапланған қара үй ҳәм оның баў-шуўларын ислеў менен шуғылланып келмекте.

– Қарақалпақстанды көз алдына келтирген ҳәр бир адамның қыялында мениңше ең дәслеп усы үлкениң қара үйи елеслейди,-дейди  З.Мырзамуратова. – Отаў қурыў, оны безеў менен байланыслы барлық көнликпелерге ийе болыў, отаўды тиклеў де өзине тән мийнетти ҳәм шеберликти талап етеди.

Қара үйдиң 70 процент мийнети ҳаял-қызлардың қолы менен жаратылады. Яғный, шаңарақ көтерилип болынғаннан кейин оның бир пүтин көринисин пайда етиў ушын оға да көп жумыс исленеди. Безеўлериниң өзи бир дүнья. Буның барлығы қолы гүл шебер ҳаял-қызларымыз тәрепинен әмелге асырылады.  Қара үйди қурыў, оның керекли әнжамларын ҳәм безеўлерин таярлаў сырларын келинлериме, қызларыма, қоңсы-қобаларыма үйретип, бирге ислеп атырмыз.

Соң топар ағзалары «Қаракөл» МПЖдағы Серегүл Қутымова менен ушырасты. Ол да қара үй ҳәм оның баў-шуўларын ислеў менен шуғылланып келмекте. Ол өткен жылы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды»ның жеңиллетилген кредитлерин алып, өз жумысларын кеңейтиў менен бирге, устаз-шәкирт системасы тийкарында аўыл қызларына усы өнердиң сырларын үйретпекте.

Усындай қолы өнерли қызлардың және бири «Жипек жолы» МПЖдағы Қундыз Қурбанова менен де ушырасыў өткерилди. Ол райондағы 8-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде 70 тен аслам оқыўшыға өнерментшилик сырларын үйретип келмекте. Усы жылы ол Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызларының 100 инновациялық жойбары таңлаўында қатнасып, таңлаўдың Корея Республикасында болып өтетуғын басқышына жоллама алды.

Ушырасыўларда коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер бойынша түсиниклер берилди. Сәўбетлесиў өткерилип, машқалалары үйренилди, пикир-усыныслары тыңланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги