Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирусқа шалынған 4 наўқас емленип, реабилитацияға жиберилди. Бул ҳаққында ӨзР ДСМ хабар берди.

 

Емленип шыққанлардың барлығы ер адамлар болып, ең жасы үлкени 43 жаста, кишиси 25 жаста. Аймақлар кесиминде алып қарағанда, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларынан 1 адамнан, 2 адам Украина Республикасынан.

 

Усы күнге шекем Қарақалпақстанда коронавирустан саўалып шыққанлар 133 адамға жетип, ҳәзирги ўақытта 3 наўқас емленбекте. Пидайы шыпакерлеримиздиң ҳәрекетлери себепли Қарақалпақстан коронавирустан аўлақ аймақ болыўына оғада жақын турыпты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.