Аббаз ДАБЫЛОВ,

Өзбекстан Халық жыршысы, халық шайыры.

БАЎЫРМАНЛАР

(поэмадан үзинди)

Мыңлаған балалар Ташкентке келди,

Баўырман қалаға – ҳүрметке келди,

Балаларға қәўендершилик қылыўға,

Барлық Ташкент халқы көрмекке келди.

 

Алды илгери емес он еки жастан,

Кейни төмен емес үш жас, төрт жастан,

Туўған жерден ата-анадан айрылып.

Балларды қайғының зүлметы басқан.

 

Және аштан искен қасы-қабағы,

Қаны қашып шөлден кепкен тамағы,

Жүзлерине өли шырай киргендей,

Орталанған еки көздиң шанағы,

 

Ата-аналардың өлген хабары,

Қулағын шыңлатты, солған дийдары,

Көз көриўден жаны ашып оларға,

Ташкент халқы гүлли жыласты бәри.

 

Көрген халық душпанға мың нәлет айтты,

Балларға ғамхорлық жағын молайтты,

Рәҳми түсип, тәрбиялаў үйинен,

Жуптан, үштен үйине бала алып қайтты.

 

Ташкент шәҳәринде бир темирши уста,

Буның көзқарасы халықтан айырықша,

Меҳрийбаншылығы тасып төгилип,

Кеўил қазанында қайнаўы басқа.

 

Ҳаялының аты еди Баҳрихан,

Кең пейилли ҳадал жүрек меҳрибан,

Еситип баллардың қыйын аўҳалын,

Рәҳми келип, ўайымнан, аҳ урған.

 

Уста Шамахмудов Шаахмед деген,

Барды жақынласып балларға кем-кем,

Жүзин ысық көрип баллар жабысып,

Тутты жаздырмастан устаны беккем.

 

Уста кеўлин бузып бозлап жылады,

Ишине от тийип баўыры жанады,

Тәрбиялап сақлаў ушын үйинде,

Сол – балалардан он алтысын алады.

 

Он алтысы сегиз миллет баласы,

Енди биреў болды шыққан қанасы,

Шамахмудов уста ҳаялы менен,

Болды жаңа туўған ата-анасы.

 

Көзлери де қорқып қалған ашлықтан,

Басын зорға көтереди дастықтан,

Шүйкилдесип жас шөжедей устаның,

Ең жаслары қолтығына бас тыққан,

 

Енди уста қанат жайып қорғалап,

Жубын жетеклесе, жубын арқалап,

Үйине апарды ҳаялы менен,

Маңлайынан ҳадал тери сорғалап.

 

Бир-бирден кровать жасап жайына,

Балларын киргизип ақ сарайына,

Бир-бир жилик услатпақшы балларға,

Перзентликке қабыл етип удайына.

 

Уста балаларына баслады тойды,

Тойға аралас және тапты бир ойды.

Халқын жыйнап ҳаялына кеңесип,

Ҳәр балаға айдар тағып, ат қойды.

 

Рафик, Юлдаш, Вова, Ҳабийба,

Муўаззам, Қарабай, Шуҳрат, Халийда,

Самук, Нагмет, Рахметулла, Ҳакийма,

Улығбек пенен Ҳамидулла, Ҳалийма – …

 

1963-жыл

Қарақалпақстан хабар агентлиги