Ҳәр бир инсан ушын перзентли болыў шексиз қуўаныш, перзентине туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық алыў, оны тийисли уйымлардан  дизимнен өткериў ҳәм перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа пулын алыў жақсы болса да, ҳүжжет жыйнаў ушын мәкемемеден-мәкемеге жуўырыўды ойласа, бул ашшы ҳақыйқатқа айланатуғыны анық.

Ендигиден былай, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен халыққа және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте туўылыўға байланыслы болған мәмлекетлик хызметлерди композит тәризде көрсетиў тәртибин басқышпа-басқыш енгизиў режелестирилмекте.

Бул не дегени?

Онда, туўыў үйинен бала туўылғанлығы ҳаққында мағлыўматнама бериў, ПҲАЖ бөлиминде бала туўылғанлығын дизимге алыў, баланы әкеси ямаса анасының турақлы жасаў мәнзилине дизимге қойыў, перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа пулын алыў, поликлиникаға дизимге алыў ҳәм баланы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине нәўбетке қойыў сыяқлы ҳәрекетлер электрон тәризде бир ўақытта әмелге асырылады.

Усы мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын бир ғана ПҲАЖ бөлимине мүрәжат етиўдиң өзи жеткиликли.

Усы мәмлекетлик хызметлерди композит тәризде көрсетиў тәртибиниң енгизилиўи пуқаралардың артықша ҳүжжет жыйнаўына, мәмлекетлик уйымлар арасында сергиздан болып, есикпе-есик сарғайып жүриўи сапластырылады.

Нәтийжеде, усы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў арқалы үнемленген ўақыт ҳәм қаржылар перзентлерди жетик етип тәрбиялаўға, оларға тәлим-тәрбия бериўге тийкар жаратады.

 

ӨзА