Саудия Арабстаны Патшалығының «Sahmnews» электрон басылымында «Өзбекстанда «Бир мәмлекет, бир тийкарғы өним» басламасы алға қойылмақта» атлы мақала жәрияланды.

Редактор Аҳмад Азойир Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO)ниң Таңлап алынған аўыл хожалығы өнимлери (САР) турақлы баҳа шынжырын қоллап-қуўатлаўға қаратылған ОСОР жойбары мәмлекетимизде де орынланып басланғанын атап өткен.

Басшылық хабар бериўинше, жақында Техникалық жумысшы топар тәрепинен басламаны әмелге асыратуғын Миллий жумысшы топарды қоллап-қуўатлаў мақсетиндеги биринши мәжилиси болып өткен. Ушырасыўда мазалы шийе ушын турақлы баҳа шынжырын жаратыў, киши фермерлерге пайда келтириў, жергиликли экономиканы беккемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери додаланған.

Мақалада Европа ҳәм Орайлық Азияның 11 мәмлекетинде турақлы аўыл хожалығы өнимлери, соның ишинде Албанияда каштан, Әзербайжанда анар, Қазақстанда алма, Түркияда әнжир таңлап алынып, үгит-нәсиятланыўына да итибар қаратылған.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА