Усы жыл 6-ноябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Усы жылдың 27-октябрь сәнесинде мәмлекетимиз турмысында оғада әҳмийетли болған сиясий процесс, парламент сайлаўлары болып өткен еди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге 375 депутат сайланды. Ҳақыйқатында да, усы сайланған депутатлар елимиздиң алдағы 5 жыллық тәғдирин белгилейди.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, барлық министрлик, тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Регламентке муўапық дәслеп, сессияның секретариаты сайланды ҳәм күн тәртиби тастыйықланды.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының усы жылдың 27-октябрь сәнесинде болып өткен парламент сайлаўларының нәтийжелери ҳаққындагы мәлимлемеси тыңланды. Онда атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлығына сайлаў демократиялық тәризде, ашық-айдынлық принциплерине әмел еткен ҳалда өткерилди. 30-октябрь күни жәрияланған Жоқарғы Кеңеске сайлаў нәтийжелерине бола, депутатлар қурамы 63 процентке жаңаланды. Жоқарғы Кеңеске жаңадан сайланған депутатлардың 32,3 процентин ҳаял-қызлар қурап, бул Қарақалпақстан тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш болды.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе, жаңадан сайланған депутатлар арасынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў мәселеси болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Регламентиниң 14-статьясына муўапық, сиясий партиялар фракциялары басшыларының усынысы тийкарында қәлиплестирилген Ақсақаллар Кеңеси тәрепинен жаңадан сайланған депутатлар арасынан 57-санлы «Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат Аманбай Тилеўбаевич Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 80-статьясына муўапық Жоқарғы Кеңес Баслығына талабан бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими алыныўы керек. Президенттиң усыныснамасын оқып еситтирилди.
Буннан соң, фракциялар атынан талабанды қоллап-қуўатлап 44-санлы «Қанлыкөл» сайлаў округинен депутат Орал Атаниязова, 25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округинен депутат Рузбийке Айтбаева, 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен депутат Улығбек Жалменов, 53-санлы «Қырантаў» сайлаў округинен депутат Шерзод Ниязымбетов, 65-санлы «Мойнақ» сайлаў округинен депутат Бийбихан Утамбетовалар шығып сөйледи.
Нызамшылыққа муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына көрсетилген талабанды сайлаў депутатлар тәрепинен жасырын даўыс бериў арқалы әмелге асырылды. Солай етип Аманбай Тилеубаевич Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына тастыйықланды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде барлық тараўларда тиккелей Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелерине, әсиресе, Қарақалпақстанға болған айрықша итибар негизинде жаратылып берилип атырған мүмкиншиликлерге тоқтап өтти ҳәм бул ийгиликли басламаларды нәтийжели даўам еттириўге, халқымыздың турмыс абаданлығын тәмийиннлеўге бар күш, тәжирийбесин жумсайтуғынын, бундай исеним ушын мәмлекетимиз басшысына, депутатларға ҳәм халқымызға өз миннетдаршылығын билдирди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығын сайлаў болды. Нызамшылыққа муўапық бул лаўазымға талабанды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы усыныс етеди ҳәм Президенттиң келисими алынады. Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Фархад Уразбаевич Эрмановтың кандидатурасы усыныс етилди.
Талабан аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўдың перспективалы бағдарламасын депутатлардың нәзерине усынды. Яғный, 2025-2027–жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бойынша арнаўлы ислеп шығылған презентациясы менен таныстырды.
Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими алынды ҳәм Президент усыныснамасы оқып еситтирилди.
Сессияда талабанның кандидатурасын қоллап-қуўатлап 32-санлы «Қылышбай» сайлаў округинен депутат Санобар Хўжамуратова, Нөкис қаласы ҳәкими Абатбай Данияров шығып сөйлеп, Фархад Эрмановты Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына мүнәсип екенлигин атап өтти.
Солай етип, депутатлардың даўыс бериў жолы менен Эрманов Фархад Уразбаевич Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына тастыйықланды.
Сессия күн тартибиндеги гезектеги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында болды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 70-статьясына ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясына муўапық 47-санлы «Санаат» сайлаў округинен депутат Рустам Сапарбаев жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды. Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан кейин талабанның кандидатурасын қоллап-қуўатлап 5-санлы «Қоскөл» сайлаў округинен депутат Ахмед Реймов, 12-санлы «Төрткүл» сайлаў округинен депутат Назира Матякубова сөзге шығып Рустам Сапарбаевты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына мүнәсип екенлигин атап өтти.
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлерин ҳәм комиссиясын дүзиў, олардың қурамын ҳәм баслықларын сайлаў ҳаққында мәселе көрип шығылды.
Онда 29-санлы «Дослық» сайлаў округинен депутат Бердибек Сейтназаров Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы;
46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен депутат Алишер Атажанов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы;
37-санлы «Хожели» сайлаў окуругинен депутат Исламбек Сдиқов Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы;
2-санлы «А.Досназаров» сайлаў округинен депутат Мурат Атамуратов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы;
64-санлы «Қаракөл» сайлаў окуругинен депутат Ануарбек Жуманазаров Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы;
48-санлы «Жиңишке» сайлаў окуругинен депутат Шарапат Өтемисов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығы;
1-санлы «Ботаника» сайлаў окуругинен депутат Кеңес Каримов Жоқарғы Кеңестиң Регламент ҳәм депутатлық әдеплилик мәселелери комиссиясының баслығы етип сайланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги