Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер темиржол транспорты бойынша кеңестиң 81-мәжилиси шеңберинде «Өзбекстан темир жоллары» АЖ басқарма баслығы З.Нарзуллаев ҳәм «Қырғыз темиржолы» мәмлекетлик кәрханасының басшысы А.Сакиев арасында еки тәреплеме ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў процесинде жүк тасыў көлемлерин арттырыў ҳәм тариф шегирмелерин қолланыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында тийкарғы жүклер – көмир, цемент ҳәм басқа да өнимлерди тасыўда «Темржолкарго» АЖ жүк-вагон парклеринен пайдаланыў ҳәм тәрези хожалығы объектлерин оңлаў мәселелери көрип шығылды.

Сондай-ақ, тәреплер арасында 2025-жыл жазында «Ташкент-Балықшы (Рибаче)» жөнелисинде туристлик поездлар қатнаўын жолға қойыўға келисилди. Бул жөнелис еки мәмлекет арасында туризм байланысларын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болады ҳәм Ыссықкөл жөнелисинде туристлер ағымын арттырыў имканиятын береди. Буннан тысқары, Қырғызстан темиржол хызметкерлериниң «Өзбекстан темир жоллары» АЖ орайларында тәжирийбесин арттырыў мәселеси де додаланды ҳәм бул жөнелисте оқыў бағдарламаларын шөлкемлестириў режелестирилди.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА