Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ, жазыўшы

 Атайы шарўалар Үстирттеги жаз жайлаўына көшерде қалың жаўған Наўрыздың ақша қарына табаны үлкен түйелерге омбалата жол салдырып, изинен сүриў-сүриў жылқы айдаған соң қой-ешкилерин өргизер еди.

***

Турмыста соныңдай сырлы, жумбақ адамлар болады, пыяздың қабығын аршыған сайын өзгеше шырай танытқанындай минез-қулқы түрленеди…

***

Еки бай жер бөлискенде орнынан қозғалмайтуғын тандырдай тасты белги ретинде шегара сызыққа қояды. Сумлығы асқаны тасты күшли биреўге өгиз арбаға жүклетип, узақларға апарып таслатқан. Тастың жылыслап кеткени ақылына сыймаған аңқаўлаўы «Сырлытас, сырлытас» деп басын шайқай бергенге «Сырлытас» аталыпты.

***

Таўық семирсе шатына май питип, мәйек туўмайтуғынындай, түйе де қоң алса гүйге келмей күйдиреди. Избасар ғарры сондайларын кермелеп, сарпайынан қайта-қайта қан алыў менен ҳәлек. Кирпиклерин жулып, бир ҳәптеге шекем суў, от-жемин бермей, аштан қақлап-ақ изине қара ерттирген…

***

Ийтти күшик гезинде сақласаң еки-үш айға бармай аўзынан ақ көбик ақса зир-зир қатып өле бергенге қыйналып қалатуғын едим. Жәкен аға бир жақлардан «қасқырға шабатуғын ийттиң туқымы» деп «алабас» күшик әкелди. Түйиртпек нанды жылқының бир тал қылына орап, сүтке жибитип жегизсе пәлекет дарымай, қапландай ийт болар еди.

***

Жүйрик атлар көбинесе аяғынан ақсайды. Избасар жылқыман маймақ атлардың желке тамырына шприц пенен сары май жиберип-ақ төрт аяғын тең бастырып, бәйгилерде  оздырған…

 

ЖЕЛ ҚУЎҒАН  ҚАҢБАҚТАЙ  ЖАЙЫНЛАР

 

­ Дәрья, теңиз барында тәбияты қандай болғанын жағалаўларында туўылып өскенлерден сораң? ­ деп Жеңисбай аға өз-өзинен көтерилип-басылды.

­ Айлап жол жүретуғын «Аяқ қум»дағы жаз жайлаўымызға жетиў ушын ерте қозғалар едик. Нар түйениң қәтебинде туўылып, өмирим бойы қара қой баққаныма ҳасла налымайман…

Теңиздиң жардай толқынлары Үстирттиң қар-жаўын, даўылларына жемирилген тикжарлықлы етеклерине тынымсыз урылса, үлкен-кишили балықлары ашық жерлеринде қырлап қалысты. Серпиле қайтқандағы епкини менен қайтып  суўға түсе алмай, ийт пенен қусқа жем болды. Теңизге қой тоғытыўға барсақ, артықмаш несийбемиз, жағалаўларындағы тыпырлаған балықларды үйимизге алып қайтар едик. Анамыз әўесекке қармалап я қуўырып, өзи қайттыға тойғызады. Аўысығын дузлап, қақпашын қыс азыққа сақлады.

Түсликке жағасын услап келген әкемиз:

­ Ай далада жел қуўған қаңбақларды көрдим. Серлеп қарасам, қуйрықларын аўзына тислеп, ойға қарай домаласқан жайынлар. «Ақшүңгил»ге аман-есен жетсе жанлары жай табар, ­ деп таңланғанынан басын шайқай береди.

***

Жәлимбет исмли жалғыз баслы ағамыз ийт пенен пышықларын ес, алданыш билип жасар еди. Ийти күшиклесе, пышығы балаласа көзлерин ашар-ашпастан-ақ таныс-билислери  алып кетеди. Үрген ийтин кесеклеп я жаман сөз айтқанларын жақтырмаған.

Ағамыз қыста аўырып, емлеўханаға түскен күнлери үйиндеги қараўсыз қалған ийт, пышықларының тоз-тозы шықты. Суўықта далада туўған ийти күшиклериниң үшеўин  жалап-жуқлап-ақ тири сақлағаны менен төртиншиси өлип қалады. «Ийтти ийеси менен қыйна» дегендей, үйине саўалып келген соң жансыз күшигин тирилерине қоса үйине киргизгенине таршылық етпеди…

 

КӨЗДЕН КӨРЕ, КЕЎЛИҢ СОҚЫР БОЛМАСЫН…

 

Қосағы менен қоса қарыған, қоңсылас «көзли» кемпир-ғаррыны қолым бос ўақытлары жақын жерлердеги той-мерекелерине апарып ҳәм алып қайтатуғын едим. Атамыз соқырлығын аңшылығына бола сықырлаған ақша қарда көп жүрип, көзлери қарығанын бәнелесе, апамыз қол машынын сығалап тиккенинен көреди.

Жерге ақ көрпеш қар жаўған күни жалт берип қашқан қоянның ай даладағы изин көргенлеримди айтсам;

­ Ким қоянның өтин ишсе көзи өткирлеседи. Қанатлары пыр-пырлаған қусты, кешки мәҳәл айдынларда шоршып ойнаған сазанның ақ сағағын көрмейтуғын кеўилдиң соқырлығы жаман ­ деп кеўли бузылғаны менен нурсыз көзлеринен жас шықпас еди…

 

«АТҚА  ЖӘБИР  ҚЫЛМАЙЫҚ…»

 

Қам сүт емген бендемиз-ғой, биреўлерге жақсылық қылсақ та, жаманлық ислесек те сол турсында өзимизге қайтарын ескермеймиз. Базыда, атақ-абырай, мал-дүнья ушын талас-тартыста намақул ислерден тайынбадық.  Жер менен күнелтетуғын Идиристиң базардан миниске сатып алғаны, «Ақжал» ат жүйрик шығып, сейис атанады.

Араққа иштейли сейисимиз дос ким, душпан кимлигиниң парқына бармапты. Бақталаслары қызғаныштан арақты өзи қайттыға ишкизип, бәйгиге қосажақ атының аяғына «жем» түсирмек ушын басына дорба илдирип, алдына шөп таслайды екен. Қанша қастыянлық етсе де аты оза берген. Жүйрик атқа алласы не, салласы не, мейли алғанын ғана жеп, ҳақынан шығады. Ишлери оттай жанғанлар, «Қой, тилсиз жәниўарға азар бергенимиз болмас. Жаманлықларымызды ким көрип атыр десек те төбемизде Қудай бар ғой» деп тәўбеге келипти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги