Быйылғы бәҳәр мәўсиминиң соңғы күнлери Өзбекстан ушын оғада ыссы болды. Майдың соңғы ҳәптесинде Өзбекстан бойлап ең жоқары ҳаўа температурасы Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайыда бақланған болып, бул аймақларда ҳаўаның температурасы 40-42 градус, шөл зонасында айрым жерлерде 43-44 градусқа шекем көтерилди. Бул май айы ушын усы аймақлар ушын тән болған көрсеткишлерден 8-10 градусқа жоқары болғанлығы анықланды, деп жазады «Өзгидромет».

 

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде жаңа температуралық рекордлар дизимге алынған болып, усы аймақлардағы метеорологиялық станциялардың мағлыўматларына қарағанда, быйылғы май айының ақырында дизимге алынған бундай жоқары айлық температура алдын бақланбаған.

 

Быйыл ыссының ерте басланғаны себепли көпшиликти жаз мәўсиминде ҳаўаның температурасы қандай болады, деген сораў қызықтырмақта. Шыны менен де, жаз мәўсими оғада ыссы бола ма? Бул ҳаққында қәнигелер не дейди?

 

Жаз мәўсими ушын анық ҳаўа райы прогнозларын ҳеш ким айта алмайды ҳәм бул синоптиклердиң «жаман» ислеўи менен байланыслы емес. Пүткил климатлық система хаотикалық болып, узақ мүддетке анық прогнозларды бериўдиң имканияты жоқ, деп жазады «Өзгидромет».

 

Ҳәзирги ўақытта таярланып атырған мәўсимли прогнозлар болжаўлық өзшегеликке ийе ҳәм улыўма алғанда мәўсимге баҳа бериў ушын пайдаланылады және «бул дәўирде орташа температура нормадан жоқары ямаса төмен болады, жаўған жаўын-шашынлар муғдары да нормадан көбирек яки азырақ болады» сыяқлы көринисте болады.

 

Мәўсимлик прогнозларды ислеп шығыў менен шуғылланатуғын Дүнья жүзилик ҳаўа райы орайларының мағлыўматларына қарағанда, быйылғы кирип киятырған жазда планетамыздың көпшилик бөлиминде температураның нормадан жоқары болыўы менен байланыслы циркуляциялық режимлердиң үстин келиўи күтилмекте.

 

Арқа Евразия климатлық орайының консенсуслық прогнозына муўапық, 2020-жыл жазда Өзбекстан, Түркменстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Қазақстанның қубла, батыс, шығыс аймақларында 40% болжаўлы түрде температура фонының нормадан жоқары болыўы күтилмекте.

 

Соның менен бирге, хабарда жазылыўынша, басланған ҳәпте даўамында температура көтерилип, айрым жерлерде температура 43 градусқа шекем жетеди. Дем алыс күнлери температура бираз төменлеўи күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.