Швеция
Швед шаңарақлары балаға кишкене ўақтынан баслап үлкен адам сыпатында қарап, еркин тәрбиялаўға ҳәрекет етеди. Балаларды қатаң жазалаў бийкарланған, бундай ҳәрекет жынаят пенен тең. Сол себепли, ҳәр бир швед баласы ата-анасы оған қол көтерсе, полицияға шағым етиўине ҳуқықлы. Бундай жағдайда ата-анаға ҳәкимшилик жаза қолланылады.

Япония
Японияның көпшилик мектеплеринде асхана жоқ. Балалар түслик аўқатын үйинен арнаўлы ыдысқа салып алып келеди. Ал муғаллимлер болса, балалардың үйинен алып келген аўқатларының сапасын тексерип көреди. Сол себепли, япон аналары балаларына қандай пайдалы аўқатлар писирип бериў кереклиги бойынша арнаўлы курсларға қатнайды.

Ҳиндстан
Ҳиндлер балаларын қатаң услайды. Оларда ата-ана менен бала арасында дослық қатнасты оғада аз ушыратасыз. Балалар кишкене ўақытларынан баслап ата-анасының қәлеўине бойсынып жасайды.

Германия
Германия мектеплеринде экскурсиялық сабақлар жийи-жийи шөлкемлестириледи. Бул бурыннан қәлиплескен тәртип есапланады. Мәселен, муғаллим бүгинги сабақта шоколад ҳәм оның қурамы ҳаққында сабақ өтсе, кейинги сабақта олар шоколад фабрикасына экскурсияға барады ҳәм топлаған билимлерин әмелиятта көреди.

Аўғанстан
Баланың, әсиресе, ул баланың дүньяға келгени бул халық ушын үлкен байрам. Қурғын жасайтуғын шаңарақлар үлкен етип той береди. Аўылда баланың ҳүрметине барабанлар қағылып, қурал менен аспанға оқ атылады.

Қытай
Қытайда балалар тәрбиясында даоцизмниң нәсиятларынан жийи пайдаланылады. Мәселен: «Балаға мазалы затты бергенде, ол барлығын алыўдан бас тартады. Өйткени, мен еле кишкенемен, сонлықтан маған азғана бөлеги де жетеди» сыяқлы нәсиятлар қолланылады. Бул балаларды қанәәтшил, мийримли, адамгершиликли етип тәрбиялаўда әҳмийетли, деп есаплайды.

Франция
Францияда бала дүньяға келместен бурын оның тәрбиясы басланады. Бала туўылмастан бурын шаңарақ ағзалары ата-бабаларының туўылған жерине көшип барады ҳәм сол жерде бала үш жасқа толғанша жасайды. Бул оларды ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў ушын әҳмийетли есапланады.

Бразилия
Бразилияда баланы ул ямаса қыз деп бөлип қарамай, бес жасқа шекем бирге тәрбиялайды. Бес жастан кейин оларды ажыратып, ул менен улдың, қыз бенен қыздың досласыўына имканият береди.

Лаос
Лаослылар балаларын өзлери емес, туўысқан-туўған, ағайинлери, жақын-жуўықлары тәрбиялағанды мақул көреди. Балалары үйленетуғын ўақытта да ата-анасының емес, биринши гезекте туўысқанларының рухсатын алады.

АҚШ
АҚШта «ҳәр бир бала өз алдына жасаўға үйрениўи керек» деген қағыйда баслы есапланады. Сол себепли, ата-аналар балаларының қәлеўине қарсы шыға алмайды. Олар ата-анасы менен клубқа бирге бараман десе, алып барады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.