Балалар – келешегимиз ийелери, баслаған жумысларымыздың даўамшылары, тынышлық тымсалы. Олардың бахытлы болыўы ушын ҳәр бир ата-ана ҳеш нәрсени аямайды.

 

Жаз мәўсиминиң дәслепки күни дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде балаларды қорғаў күни сыпатында байрамланады. Бул күни ең жақсы тилеклер балалар мәнзилине жолланады.

 

Күн тарийхына қысқаша тоқталып өтетуғын болсақ, 1949-жылы Париж қаласында халықаралық ҳаял-қызлар демократиялық федерациясының конгреси болып өтеди. Конгрессте балалар бахты, дүнья тынышлығы ҳаққында баянатлар жасалады. Өйткени, Екинши жер жүзилик урыстан соң балалар саламатлығы тийкарғы мәселелердиң бирине айланады. Урыстан соң көплеген балалар қараўсыз қалған болып, олардың көз жасы ҳәм муңлы жағдайы дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын өзине қаратқан еди.

 

Солай етип, 1950-жылдан баслап 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгилене басланды.

 

1989-жылы БМШ Бас Ассамблеясы балалар ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияны қабыллады. Бул ҳүжжетке пүткил дүнья балаларын қорғаў ҳаққындағы нормалар енгизилди.

 

Бул байрамды белгилеўден тийкарғы мақсет – кең жәмийетшиликтиң итибарын балалар машқалаларына қаратыў, олардың ҳуқықларын қорғаў, бахытлы балалық дәўирин тәмийинлеўден ибарат.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.