1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни

Балалалар бизлердиң келешегимиз, баслаған ийгиликли жумысларымыздың даўамшылары, көзимиздиң нуры, өмиримиздиң шамшырағы есапланады. Балалардың қуўанышы дүньядағы ең әжайып, иләҳий күш-қүдирет. Әсиресе, кеўли кемтик балаларды қуўантыў ең үлкен саўап ис болып табылады.

Елимизде балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў, ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып ер жетиўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, имканияты шекленген, көзи әззи, көп нуқсанлы балалардың да саламат балалар менен бирдей дәрежеде билим ҳәм тәрбия алыўы ушын пайтахтымызда 10-санлы Көзи әззи ҳәм шала көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты, республикамызда 9 жерде көзи әззилер ушын китапханалар ашылды.

Бүгинги карантин жағдайында барлық улыўма орта билим бериў мектеплери сыяқлы бул мектеп-интернатта да билим бериў онлайн түрде әмелге асырылды.

– Аралықтан оқытыў ҳаққында тапсырма болғаннан соң интернатта тәлим-тәрбия алып атырған барлық 222 оқыўшы өз үйлерине тарқатып жиберилип, оларға онлайн түрде сабақ оқытыў ушын 152 оқытыўшы бекитилди. Ҳәр бир класс ушын телеграмм мессенжеринде өз алдына канал ашылып, ата-аналардың жәрдеми менен сабақлар өтилди, – дейди мектеп-интернат директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Саламат Реймов. – Мектебимиз оқыўшылары  көзинде нуқсаны бар балалардан ибарат болғаны ушын онлайн сабақ өтиўде қыйыншылықлар болды. Бирақ, ата-аналардың ҳәм педагог-хызметкерлеримиздиң аўызбиршиликли түрде жумыс алып барыўы нәтийжесинде барлық оқыўшыларымызды сабақларға қамтып алыўға еристик.  Дерлик барлық сабақларда аудиожазыўдан пайдаланылды. Даўыс арқалы теманы түсиндирип, каналларға жайластырып бардық, ал, тапсырмаларды ата-аналарға жоллап турдық. Оқыўшыларымыздың сабаққа қунт пенен қатнасыўын көрип, олардың билим алыўға, жасаўға болған умтылысларын терең сезиндик.

Бүгин – 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен мектеп-интернат жәмәәти республикамыздағы усындай көриў жағынан имканияты шекленген 11, соның ишинде, Нөкис қаласында жасайтуғын 4 баланың ҳалынан хабар алып,  қәўендер мәкемелер тәрепинен таярланған саўғаларды тапсырды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы