Ибрайым ЮСУПОВ
НӘРЕСТЕ
Нәресте, ол-адамның ең үлкени,
Ким болсаң да сен баласаң кешеги.
Шешең бул турысыңда туўмаған сени,
Ғаррылар да бала болған деседи.
Нәресте—өмирдиң жүреги, деми.
Еле булыт көрмеген ол бир алтын таң.
Нәресте —адамның туңғыш кәдеми,
Соңғы кәдемиң де апарар оған.”
Уллы келешек- ушын иске, гүреске
Тили шықпаса да ол үйретеди.
Ол ийе пәкликке, ” күдиретли күшке,
Қуралсыз дүньяға ҳүким етеди
Талпынған жас нәрестеге қарасам,
Өмирге мен қыздай ашық боламан.
“Усы адамлардың бәри ырас-ақ
Бала болған ба?” деп саўал қояман.
Жоқ, жоқ, бәри емес! Тек те жақсылар—
Ҳақ кеўил адамлар бала болғанды.
Ал ишкирне, жаўызлар ше? Жақ, олар
“Бала болдық” деген сөзи жалғанды.
Егер олар журттай бала болғанда,
Жүрмей ме Сонгмиде балалар өлмей
Мың-мың бала ботинкалары сонда
Освенцимде жатпас еди аў кийилмей…
8-февраль 1970-ж.
Қарақалпақстан хабар агентлиги